Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында әҳмийетли мәселелерге бағышланған илаж болып өтти. Оған администрация хызметкерлери, декан ҳәм кафедра баслықлары қатнасты.
Илажды филиал директоры, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды ҳәм мәмлекетмизде жоқары билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе билим бериўде халықаралық тәжирийбелер әмелиятқа енгизилип атырғанлығын айрықша атап өтти.
Бүгинги жеделлик пенен раўажланып баратырған глобалласыў дәўиринде жаслар тәлим-тәрбиясына айрықша итибар қаратыў баслы ўазыйпалардан саналады. Жаслардың санасында бослықты пайда етпеў ҳәм ғалабалық мәденияттың тәсиринен қорғаўда студентлердиң сөйлеў әдеби, кийиниў мәдениятына, сабақларға өз ўақтында қатнасыўы, сапалы билим бериў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўде түрли дөгереклерге қамтып алыў, сондай-ақ, өз үстилеринде тынымсыз изленислер алып барыў ҳәм илимге бағдарлаўда устаз-шәкирт системасын жетилистириў кереклиги атап өтилди.


Мәмлекетимизде эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып коронавирус инфекциясы жаңа штаммының балалар ҳәм жаслар арасында тарқалыўы жоқарылығын есапқа алған ҳалда барлық жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери, академиялық лицейлерде оқыў процеси усы жылдың 24-январь күнинен баслап бир ай мүддет даўамында аралықтан (онлайн форматта) алып барылыўы белгиленген.

Илажда аралықтан оқытыўда топланған тәжирийбеден келип шығып онлайн оқытыў процесин сапалы шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()