ЖАСЛАРДЫ ДӨГЕРЕКЛЕРГЕ ҚАМТЫП АЛЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИНЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 02.12.2021

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў бағдарындағы жумысларды еле де жетилистириў мәселелерине бағышланған илаж болып өтти.

Мәжилисти Филиал директоры А.Аяпов басқарып барды ҳәм филиалда ҳәрекет етип турған дөгерек ҳәм клублардың жумысларын жетилистириў, оларға жасларды кеңнен қамтып алыў, бес әҳмийетли баслама шеңберинде түрли таңлаў ҳәм жарыслар шөлкемлестириў мәселесине айрықша тоқтап өтти.

Илажда жаслардың әдеп-икрамлылығы, кийиниў мәденияты, қарым-қатнас ҳәм жәмийетте өзин тута билиўи бойынша турақлы үгит-нәсият жумысларын жүргизиў кереклиги атап өтилди.

Буннан басқа да мәжилисте жасларды илимге бағдарлаў ҳәм оларға жол-жоба көрсетиўде устаз-шәкирт системасындағы жумысларды жетилистириў, биргеликте илимий мақалалар шығарыў, конференцияларда қатнастырыў арқалы илимге болған көнликпелерди пайда етиў кереклигин атап өтти.

Илаж соңында атап өтилген  тапсырмалар бойынша алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler