Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жас алымларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы аймақлық инновациялық раўажланыў басқармасы тәрепинен «Жас алымлар академиясы» ЖШЖ менен биргеликте филиал жас алымлары ҳәм зийрек студентлери менен ушырасыў болып өтти.
Илажды филиал директорының Илимий ислер ҳәм инновация бойынша орынбасары Н.Хамидов алып барды. Онда Қарақалпақстан Республикасы аймақлық инновациялык раўажланыў басқармасы бас кәнигеси Е.Абдиганиев ҳәм «Жас илимпазлар академиясы» ЖШЖ директоры С.Рустамовалар шығып сөйлеп, елимизде илим тараўына қаратылып атырған итибар ҳәм жас излениўшилерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағадырында алып барылып атырған жумысларды айрықша атап өтти.





Илажда студент-жасларды илимге бағдарлаўда қәнигелер тәрепинен жоқары аттестация комиссиясы қурамындағы ҳәм халықаралық илимий журналларда илимий мақала шығарыў тәртиплери, патент алыў усыллары ҳаққында кең түсиник берип өтилди.

Ушырасыў соңында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()