Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 28-декабрдеги «2021-2023 жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар ислеп шығылған Бағдарламаға муўапық 2021-2022 жылларда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалы ушын 300 орынлы жатақхана имаратын жаңадан қурыў назерде тутылған еди.
Тоғыз қабаттан ибарат болған бул жатақхананың қурылыс жумыслары «TREST 4» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қолы гүл қурлысшылары тәрепинен қызғын алып барылмақта.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Маденият министри Қ.Турдиев Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалында болып, жаңадан қурылып атырған 300 орынлы жатақхананың қурылыс ислери ҳәм жойбарлары менен танысты.


Филиал баспасөз хызмети.
![]()