Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Муратбай Нызанов пенен ушырасыў болып өтти.
Оған студент-жаслар ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты.
Илажды Филиал директорының жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары А.Өтепбергенов басқарып барды. Ушырасыўда «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасы ў.ў.а. доценти Ж.Хожанов жазыўшының өмир жолы, шығармалары ҳәм қарақалпақ кино өнеринде тутқан орны ҳаққында мағлыўмат берип өтти.

Илажда атап өтилгениндей, Муратбай Нызанов бүгинги күнге шекем елиўден аслам китаплар, таңламалы шығармаларының он томлығы, «Қарақалпақлар» китабының еки томлығы ҳәм басқа да дөретпелери менен халқымыздың сүйикли жазыўшысына айланған. Сондай-ақ, оның тоғыз көркем фильм, қырқтан аслам ҳүжжетли фильм, төрт мультфильмниң сценарий авторы, «Түлкишек» балалар журналының шөлкемлестириўшиси болып табылады.

Студентлер менен сораў-жуўап тәризинде өткерилген ушырасыўда Муратбай Нызанов ҳәзирги ўақыттағы өзиниң дөретиўшилик жумыслары ҳаққында мағлыўматлар берди.

Ушырасыў даўамында студент-жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.


Филиал баспасөз хызмети.
![]()