ЖОЛ КАРТАДА БЕЛГИЛЕНГЕН ЎАЗЫЙПАЛАРДЫ ОРЫНЛАЎ МӘСЕЛЕЛЕРИНЕ БАҒЫШЛАНҒАН МӘЖИЛИС БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 15.02.2024

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында алда турған ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, кафедра ҳәм бөлим баслықлар, тьютор қәнигелери қатнасты.

Мәжилисте филиал директоры А.Аяпов алда турған тийкарғы ўазыйпаларға тоқталып, ҳәзирги ўақытта Президент администрациясы тәрепинен дүзилген исши топар ағзалары жоқары оқыў орынларында үйрениў жумысларын алып барып атырғанлығы ҳәм тексериў жумысларына пуқта таярлықлар көриў, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен 2024-жыл 31-январь сәнесинде тастыйықланған №01-12/10-56-санлы «Өзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнер хǝм мǝденият институты Нөкис филиалының жумысын 2024-жылы раўажландырыў бағдарында ǝмелге асырылатуғын илажлардың жол картасы»нда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў тийкарғы ўазыйпалардан екенлигин атап өтти.

Мәжилисте жол картада көрсетилген филиалда билимлендириў сапасын еле де жетилистириў, оқыў сабақлықлар ҳәм методикалық қолланбалар менен тәмийинлеўди арттырыў, руўхыйлық-ағартыўшылық жумыслары житилистириў, илим изертлеўде инновацияларды енгизиў, инвестициялар киритиў, грантларды тартыў ҳәм санластырыў, сондай-ақ, филиалдыӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеўге қаратаылған илажларды өз ўақтында орынлаў кереклиги бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди ҳәм ҳаптениң ҳәр шенби күни әмелге асырылған жумыслар бойынша есап бериў келисип алынды.

Мәжилис соңында ислениўи тийис болған ўазыйпалар белгиленип алынды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...