Бирлескен миллетлер шөлкеми Бас секретары тәрепинен 2014-жылда ҳаял-қызларға қарата басым ҳәм зорлықларды сапластырыўға бағдарланған “UNITE” атамасындағы баслама турмысқа енгизилген еди. Усы мүнәсибет пенен ҳәр жылы дүнья көлеминде 25-ноябрьден 10-декабрь күнлери аралығында «Зорлыққа қарсы 16 күн» сүрени менен түрли илажлар шөлкемлестирилип келинеди.
Өзбекстан мәмлекетликкоркем өнер ҳәм мәденият инститиуты Нөкис филиалында суд уйымы ўәкиллериниң қатнасыўында илаж болып өтти. Илажды Илимий ислери ҳәм инновация бойынша директор орынбасары Н.Хамидов басқарып барды. Онда Қарақалпақтан Республикасы судының судьялары Т.Турдымуратов, Г.Ешназарова, К.Керимбаевлар шығып сөйлеп, басым ҳәм зорлыққа қарсы гүресиў, миллий нызамшылығымызда белгиленген ҳуқықый тийкарлар, гендер теңлигин тәмийинлеў бағдарындағы исленип атырған жумыслар бойынша кең түрде түсиник берип өтти.

Илажда атап өтилгениндей, бизиң мәмлекетимизде пуқараларды басым ҳам зорлықтан қорғаў, ҳәр қандай басымға ылайық жаза тайынлаў мәселеси миллий нызамшылығымызда қатаң белгилеп қойылған. Яғный, көшеде бийтаныс адамды ақыретлеў ямаса өған дене жарақатын жеткериў қандай жуўапкершиликке тартылса, шаңарақта шахсқа қарата исленген зорлық ҳәм басым да тап солай жазаланады. Бундай жағдайдан жәбирленгенлерди әсиресе, хаял-қызларды реабилитация етиўде бүгинги күнде орынларда ҳәрекет етип турған реабилитация орайларының искерлигиде айрықша әҳмийетли.



Сондай-ақ, ушырасыўда жасларға гендер теңлиги бойынша мағлыўмат берилер екен, баслы итибар гендер – ҳаял-қызлар ҳам ер адамлар арасындағы мүнәсибетлердиң жәмийет турмысы ҳәм искерлигиниң барлық тараўлары, атап айтқанда, сиясат, экономика, суд-ҳуқық, мәденият, руўхыйлық, билимлендириў ҳәм илим тараўларында айқын көзге тасланатуғын социаллық сыпат екенлигине қаратылды. Шаңарақта, жәмийетте, әсиресе ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў, олардың орнын беккемлеўге қаратылып атырған кең көлемли реформалар, өзгерислерде жасларға таныстырылды.
Ушырасыў даўамында жасларға әтирапта болып атырған ўақыя қубылысларға бийпәрўа болмаўга шақырды.


Илаж соңында студент-жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()