1-март – өзбек халқының сүйикли шайыры, белгили жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан халық шайыры Зульфия Исраилова дүньяға келген күн. Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студент-жаслар ҳәм Зульфия атындағы мәмлекетлик стипендия ийелериниң қатнасыўында ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.

Илажда Ҳаял-қызлар кеңеси баслығы О.Қдырниязова, Зульфия атындағы мәмлекетлик стипендия ийелери Фазу Шержанова ҳәм Замира Алиева, Социал-гуманитар пәнлер кафедрасы оқытыўшысы А.Прекеева ҳәм Көркемөнертаныў фаультет декан орынбасары Г.Шариповлар Зульфия Исраилованың өмир жолы, дөретиўшилигине тоқталып, мәмлекетимизде шайыраның дөретиўшилигине итибардың үзликсиз даўамы сыпатында дөретиўши ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды айрықша атап өтти.

Өзбекстан халық шайыры, Ҳамза атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ҳәм халықаралық Нилуфар сыйлығының лауреаты З.Исраилова баҳәр жыршысы, ҳаял-қызлар тематикасы шебери сыпатында тек ғана өзбек әдебиятында емес, пүткил түркий тиллес ҳәм басқа да халықлар әдебиятында өзине тән дөретиўшилик жолы менен из қалдырды.




Илаж даўамында студент-жаслар шайыраның қәлемине тийсли дөретпелерден үзиндилер оқып берди.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()