Елимиз бойлап мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында «Үмит билимлендириўде», «үмит тәрбияда», «үмит билимде» сүрени астында ушырасыў кешелери болып өтпекте. Бүгин усындай илажлардың бири Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында болып өтти.

Оған Өзбекстан композиторлары ҳәм бастакарлары аўқамының баслығы, Өзбекстан көркем өнер ғайраткери, композитор, профессор Рустам Абдуллаев, Өзбекстан композиторлары ҳәм бастакарлары аўқамының баслығының орынбасары, Өзбекстан көркем өнер ғайраткери, композитор, профессор Ҳабибулла Раҳимов, Өзбекстан композиторлары ҳәм бастакарлары аўқамының ағзасы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан республикаларына мийнет сиңген көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, композитор, профессор Қурбанбай Заретдинов, Өзбекстан композиторлары ҳәм бастакарлары аўқамының дөретиўшилик бөлими бас қәнигеси, музыка изертлеўшиси, «Мәденият ҳәм көркем өнери пидайысы» көкирек белгиси ийеси Мухайё Набиева, композитор, «Келажак бунёдкори» естелик белгиси ийеси, Халықаралық таңлаўлардың лауреаты Акмал Сафаровлар, сондай-ақ, филиал профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.


Дәслеп мийманларды филиал директоры А.Аяпов ҳәм жәмәәт ағзалары жоқары дәрежеде күтип алды. Мийманлар көргизбеге усынылған филиал студентлердиң илим-билим, көркем өнер ҳәм спорт тараўы бойынша түрли таңлаў ҳәм жарысларда ерискен жетискенликлерин тамашалады.
Илажды филиал директоры А.Аяпов кирис сөз бенен ашты ҳәм соңғы жыллары елимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўына қаратылып атырған итибар, тараў хызметкерлерин қоллап-куўатлаў бағдарында жүргизилип атырған жумысларды айрықша атап өтти.



Бунна соң Өзбекстан көркем өнер ғайраткери, композитор, профессор Рустам Абдуллаев, Өзбекстан композиторлары ҳәм бастакарлары аўқамының баслығының орынбасары, Өзбекстан көркем өнер ғайраткери, композитор, профессор Ҳабибулла Раҳимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде дөретиўши инсанлаға қаратылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтип, устазлар жетискенлиги, жаслардың қолға киргизген табысларына айрықша қызығыўшылық пенен баҳа берди.



Илажда мийманлар бүгинги ушырасыў кешесин жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын филиал директоры А.Аяпов ҳәм жәмәәт ағзаларын Өзбекстан композиторлары ҳәм бастакарлары аўқамының «Миннетдаршылык» хаты менен сыйлыклап, өзлериниң авторлығындағы китапларын саўға етти. Өз гезегинде филиал жәмәәтиде усындай ушырасыўды шөлкемлестиргени ушын Өзбекстан композиторлары ҳәм бастакарлары аўқамы ағзаларына өз миннетдаршылыкларын билдирди.


Илаж профессор-окытыўшылар ҳәм студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.






Филиал баспасөз хымети.
![]()