Усы жыл 15-март күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденияты институты Нөкис филиалы «Фольклор ҳәм этнография» кафедрасы оқытыўшысы Успанова Рано Ануаровнаның 13.00.01 – Педогогика теориясы, педогогик таълиматлар тарийхы қәнигелиги бойынша «Миллий қосықлар тийкарында студентлерди миллетлераралық татыўлық руўхында тәрбиялаў механизмлерин қәлиплестириў» атамасындағы диссертациясын дәслепки мәрте кафедра мәжилисинде көрип шығыў бойынша басқоспа семинары болып өтти. Илимий басшысы Педагогика илимлери бойынша философия докторы (PhD) Ы.Моянов.
Басқоспа семинары филиалдың “Соcиал-гуманитар пәнлери” кафедрасы ҳәм “Халық дөретиўшилиги” кафедрасы, Есжан бақсы атындағы балалар музыка көркем өнер мектеби, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының “Педагогика” ҳәм “Улыўма педагогика ҳәм психология” кафедралары, Юнус Ражабий атындағы Өзбек миллий музыка көркем өнери институты “Дәстан атқарыўшылығы” кафедралары менен биргеликте өткерилди.
Мәжилисти Филиал директорының Илимий ислери ҳәм инновациялар бойынша орынбасары Қ.Юсупов басқарып барды. Семинарда комиссия қурамы ағзалары тәрепинен излениўшиниң диссертация темасының актуаллығы, объекти, предмети, илимий жаңалығы додаланып, диссертация жумысы бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
Семинарда излениўшиге комиссия ағзаларының билдирилген пикир-усынысларды есапқа алған ҳалда илимий жумысты еле де жетилистириў кереклиги атап өтилип, мәжилис өз жумысын жуўмақлады.
Филиал баспасөз хызмети
![]()