Быйыл Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 30 жыл толды. Конституция ҳəр бир мəмлекеттиң келбети ҳəм келешегин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе болған Тийкарғы нызам есапланады. Сәне мүнәсибети менен Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында байрам илажы болып өтти. Оған жәмийетлик шөлкем ўәкиллери, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларынң хызметкерлери қатнасты. Илажды Филиал директоры А.Аяпов кирис сөз бенен ашып берди ҳәм басқарып барды.

Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.


Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлим баслығы Д.Елмуратов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары Б.Қтайбековлар шығып сөйлеп, Конституция мәмлекетимиздиң тийкарғы нызамы болып, инсан мәплери, оның ҳуқықлары, еркинликлери, ар-намысы ҳәм қәдир қымбатын тәмийинлеўши ең әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет екенлиги ҳаққында мағлыўмат берип өтти.




Атап өтилгениндей, Конституция елимиз пуқараларының ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўши, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының хызметин тәртипке салыўшы ҳәм жумыс алып барыў принциплерин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе болған Бас нызам есапланады.
Конституциялық ҳуқықларын жақсы сезинген пуқараларымыз, әсиресе, жасларымыз елимизде жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, жәмийетлик жумысларда, оқыўда, сондай-ақ, спорттағы табыслары менен үлги болып келмекте. Әлбетте, жасларға жаратылған имканиятлар Тийкарғы нызамымыз тийкарында ислеп шығылған жасларға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде алып барылып атырған жумыслардың әмелий көриниси болып табылады.
Ушырасыўда студент-жасларға бас нызамымыздың «Инсан қәдири ушын» деген әҳмийетли принципин толық әмелге асырыўда нызамшылығымыздың тийкары болып хызмет етип атырғанлығы, ол арқалы пуқараларымыздың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеп киятырғанлығы мысаллар менен түсиндирилди.
Илаж студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.







Филиал баспасөз хызмети.
![]()