Соңғы жыллары елимизде жоқары билимлендириў системасын реформалаў, жасларды жоқары оқыў орынларына қамтып алыў дәрежесин арттырыў, сондай-ақ, оларды турақ жай менен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.
Бул бағдарда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалында 300 орынлы жатақхана имаратының қурылыс жумыслары алып барылмақта. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Маденият министри Қ.Турдиев филиалда болып, жаңадан қурылып атырған 300 орынлы жатақхананың қурылыс ислери танысты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 28-декабрдеги «2021-2023 жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар қурылып атырған жатақхана имараты «TREST 4» Жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қолы гүл қурлысшылары тәрепинен қызғын алып барылмақта.
Ҳәзирги ўақытта имарат толық бой тиклеп, монтаж, сондай-ақ, ишки ҳәм сырткы пардозлаў жумыслары жүргизилмекте.




Филиал баспасөз хызмети.
![]()