«8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мехрийбан аналарымыз, дилбар қызларымыз, шаңарағымыздың уйтқысы болған үй бекелерине деген айрықша ҳүрметтиң көриниси сыпатында тән алынады. Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.
Илажда Филиал директоры А.Аяпов ҳәм басқа да жәмәәт хызметкерлери жыйналғанларды жасарыў ҳәм жаңаланыў паслының дәслепки байрамы менен қызғын қутлықлап, ҳаял-қызлардың шаңарақ ҳәм жәмийеттеги гиреўли орны ҳақкында айрықша атап өтти.
Жаслардың келешекке нық қәдем таслап, жәмийетте, турмыста өз орнына ийе болыўында, оқытыўшы ҳаял-қызларымыздың мийнети айрықша. Бүгинги күнде филиалда жасларға илим-билим сырларын үйретип атырған профессор-оқытыўшылардың 43 процентин ҳаял-қызлар қурайды. Олар арасынан 2 илим кандидаты, 5 доцент ҳәм 1 профессор, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист, «Ниҳол» сыйлығы лауреаты, «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлық ийелериниң бар екенлиги жәмәәт ушын үлкен мақтаныш есапланады. Сондай-ақ, үлкен жетискенликлеримиздиң бири 2022-жылы төрт студент қызымыз мәмлекетлик стипендия жеңимпазы болды.
Илажда қатнасыўшыларға байрам саўғалары тапсырылып, әсиресе, Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары Айдос Өтепбергеновтың аналар ҳаққындағы әдебий оқыўы жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады.
Өз гезегинде байрам қатнасыўшылары байрам илажын шөлкемлестиргени ҳәм усындай итибар ушын шексиз миннетдаршылықларын билдирди.











Филиал баспасөз хызмети.
![]()